Салыққа тийисли айрым ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершилик шараларын оптимизациялаў ҳаққында

Туман янгиликлари

Мәмлекетимизде исбилерменлер өз хызметин тосықларсыз әмелге асырылыўын тәмийинлеў, бизнести жүритиў ушын қолай шәрт-шәриятларды жаратыўға қаратылған кеӊ көлемли реформалар алып барылмақта.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 18-август күнги исбилерменлер менен өткерилген ашық саўбет шеңберинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийенлеў, сондай-ақ салық нызамшылығын бузғанлық ушын жуўапкершиликти либералластырыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 26-февраль күнги «Салыққа тийисли айрым ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершилик шараларын оптимизациялаў ҳаққында»ғы ПП-39-санлы Пәрманына қабыл етилди.

Усы пәрманға муўапық Салық комитети, Саўда-санаат палатасы, Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкилдиң фискал белгилерин сәўлелендириў ямаса автоматластырылған есапқа алыў өлшеў қураллары менен тәмийинлеў яки салық органларын мәлимлеме системасы менен интеграция қылыўды тәмийинлеў бойынша нызамда белгиленген талапларды яки тәртипти бузғанлық, сондай-ақ товарларды (өнимлерди) ислеп шығарыўшылыр импорт қылыўшылыр ҳәм сатыўшылар тәрепинен идентификациялаў қураллары арқалы мәжбүрий санлы макировкалаў қайдаларын бузғанлық (кейинги орынларда – фискал тәртиб қайдаларға тийисли ҳуқықбузарлықлар) ушын финанслық жәрийма муғдары ҳуқықбузарлық биринши рет исленгенде - реализация әмелге асырылған ақырғы есабат шерегинде алынған сап түсимниң 2 пайызы, ҳуқықбузарлық финанслық жәрийма қолланылғаннан кейин бир жыл даўамында такрар исленгенде - реализация әмелге асырылған ақырғы есабат шерегинде алынған сап түсимниң 20 пайызы муғдарында орнатыў белгиленди.

Сондай-ақ, усы пәрман күшке киргенге шекем фискал тәртип-қағыйдаларға тийисли ҳуқықбузарлықлар ушын қолланылған финанслық жәриймалар бойынша бар болған қарыздарлықлардың 98 пайызы есаптан шығарылады ҳәм есаптан шығарылған қарыздарлықты өндириў менен байланыслы суд ҳәм орынлаў ислери тамамланыўы белгиленди.

Салық кодексине усы Пәрманнан келип шығып тийисли өзгерислер киритилгенге шекем фискал тәртип-қағыйдаларға тийисли ҳуқықбузарлықлар ушын финанслық жәриймалар ҳәм ҳәкимшилик жаза шаралары қолланылмаслығы көсетилди.

Салық комитетине усы пәрман нызамлы күшине киргенге шекем фискал тәртип қайдаларға тийисли ҳуқықбузарлықлар ушын өндирилген жәрийма суммаларының 98 пайызы келешектеги төлемлер есабынан белгиленген тәртипте тийисли исбилерменлик субъектлерине қайтарылыў тәмийинленсин деп көрсетилген.

Бул Пәрман мәмлекетимизде исбилерменлик субъектлериниң искерлигиниң жәнеде раўажландырыўына, өзлеринде қаржылардың қалдырылыўы ақыбетинде жаңа басқышларға шығыўына көмеклесди.

Б.Досымбетов, Нөкис районлар аралық ҳәкимшилик суды баслығы