“Жаслар туризми” ҳәптелиги белсене даўам етпекте

Ҳәптелик Өзбекстан Республикасы  Министрлер Кабинетиниӊ 2022-жыл 30-декабрьдеги Жаслар туризми ҳәптелиги шеӊберинде “Жаӊа жылда – Жаӊа Өзбекстан бойлап саяхат” илажин шөлкемлестириў ҳәм өткериў ҳаққындағы 298-санлы қарарына муўапық шөлкемлестирилип атыр. Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги ҳәм басқа да бир қатар министрлик ҳәм мәкемелер менен биргеликте жаслардыӊ Игорь Савицкий музейи, Жас тамашагөйлер театры, тарийхый орынлар ҳәм бир қатар мәдений мийрас объектлерине саяхатлар шөлкемлестирилип келинбекте. Саяхатқа Қарақалпақстан Республикасы районлары ҳәм пайтахтымыз Нөкис қаласыныӊ мектеп оқыўшылары, соныӊ менен бирге шаӊарақ меҳрибанлық үйлериниӊ балалары қатнасты. 

Ҳәптелик шеӊберинде 7 жастан 30 жасқа шекемги оқыўшы, студент ҳәм жасларға республикамыздыӊ дыққатқа ылайықлы орынларына саяхат етиўди усыныс етемиз.  

Ҳүрметли жаслар, ҳәптелик даўамында Сизлер жол ҳәм транспорт қарежетлерине, театр, кинотеатр ҳәм концертлерге кириўде арнаўлы шегирмелерден пайдаланыў имкәниятына ийе боласыз. Ал музей ҳәм мәдений мийрас объектлерине кириў болса путкиллей бийпул болады.

Қарақалпақстан Республикасы Туризм ҳәм мәдений мийрас министрлигиниӊ Мәлимлеме хызмети