Нызамшылық басламасы ҳуқықы

Туман янгиликлари

Ɵзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың 2022-жыл 20-июндағы Конституциялық комиссиясы ағзалары менен ушрасыўдағы сɵзинде нызамшылық басламасы ҳуқықы институтын реформалаў ҳаққындағы үсынысынан келип шыққан ҳалда жаңа редакциядағы Конституциямыздың 98-статьясына «нызамшылық үсынысларын киритиў»  институты киритилди.
Оған кɵре, Нызамшылық басламасы ҳуқықына Өзбекстан Республикасы Президенти, мәмлекетлик ҳәкимияттың жоқары ўәкиллик уйымы арқалы Қарақалпақстан Республикасы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы депутатлары, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети ийе. Өзбекстан Республикасының Конституциялық суды, Жоқарғы суды ҳәм Бас прокуроры да өзиниң ўәкилликлерине киритилген мәселелер бойынша нызамшылық басламасы ҳуқықына ийе.
Нызамшылық басламасы ҳуқықы нызам жойбарын нызамшылық басламасы ҳуқықы субъектлери тәрепинен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына киргизиў арқалы әмелге асырылады.
Өзбекстан Республикасының сайлаў ҳуқықына ийе болған, жүз мыңнан кем болмаған пуқаралары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (омбудсман), Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы нызамшылық усынысларын нызамшылық басламасы тәртибинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасына киргизиўге ҳақылы.
Нызам жойбарларын, нызамшылық усынысларын киргизиў ҳәм көрип шығыў тәртиби нызам менен белгиленеди.
Нызамшылық үсынысларын киритиў институтын еңгизилиўи арқалы халықтың нызам дɵретиўшилигинде туўрыдан-туўры қатнасыўына имкəният жаратылды.

Ж.Аймаганбетова

Қарақалпақстан Республикасы
ҳəкимшилик суды судьясы