«Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиўге байланыслы илажлар ҳаққында»ғы Президент Қарары қабыл етилди

Мәмлекетлик медицина қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша әмелге

асырылатуғын ис-илажлар ҳаққында 

МАҒЛЫЎМАТ

 

Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин елимизде енгизиў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 5-сентябрьдеги «Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў механизмлерин енгизиў бойынша илажлар ҳаққындағы» ПҚ-311-санлы Қарары қабыл етилди.

Бунда Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў шеңберинде бийпул медициналық жәрдемлер ҳәм дәри-дәрмақлар мәмлекет бюджетине төленетуғын салықлар есабынан әмелге асырылады, халықтан қамсызландырыў ушын қосымша төлем өндирилмейди.

Сондай-ақ, мәмлекет бюджети қаржылары есабынан қапланатуғын медициналық жәрдемниң кепилленген көлеми (кепилленген пакет) тастыйықланып, усы пакетке киргизилген медициналық хызметлер ҳәм дәри-дәрмақлар Мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў қоры қаржысы есабынан әмелге асырылады.

Кепилленген пакетке киргизилген медициналық хызметлерден бийпул пайдаланыў ушын:

- белгиленген мүддетлерде тийисли медициналық көриклерден өтиў,

- шаңарақ шыпакери ямаса медицина бригадасына мүрәжат етиў талап етиледи.

Шаңарақ шыпакери тийисли тәртипте көриктен өткергеннен соң, зәрүр болса емлеўханаға электрон жоллама береди, усы жоллама тийкарында тар қәнигели шыпакерлер көригинен өткереди ҳәм емлеўханаға жатқарылады.

Усы тәртип сақланбаған жағдайларда медициналық хызмет пуллы көрсетиледи.

Соның менен бирге, бирлемши медицина-санитариялық жәрдем көрсетиўши мекемелери ҳәм оған бириктирилген Өзбекстан Республикасы пуқаралары, Өзбекстан Республикасының салық резиденти деп табылған шет ел пуқаралары, пуқаралығы болмаған шахслар арасында келисим шәртнама дүзиледи.

Бунда:

- пуқараларға - саламат турмыс тәризине әмел етиў, зыянлы әдетлерден ўаз кешиў, өзиниң медициналық билимин асырыў, шыпакер көрсетпелерине әмел етиў, профилактика ҳәм скрининг көриклерден ўақтында өтиў;

- шаңарақ шыпакерине – пуқараларды белгиленген тәрипте қабыл етиў ҳәм мәсләҳәтлер бериў (жоллама), медициналық хызметлерди өз ўақтында, сапалы ҳәм толық көлемде көрсетиў, дәри-дәрмақларды туўры буйырыў сыяқлы жуўапкерли ўазыйпалар жүклетиледи.

Шыпакер тәрепинен тайынланған электрон рецепт тийкарында дәрилер кепилленген пакет шеңберинде наўқасларға дәриханалар тәрепинен бийпул бериледи ҳәм олардың қәрежетлери қамсызландырыў қоры есабынан қаплап бериледи (реимбурсация).

Халыққа көрсетилетуғын кепилленген пакетке киргизилген медициналық хызметлер Фонд тәрепинен сатып алынады, яғный медициналық мекеме ҳәм Фонд арасында дүзилген шәртнама тийкарында қаржыландырылып барылады.

Амбулатор медициналық хызмет көрсетиўши бирлемши медицина-санитария мекемелери халық жан басына көре шәртнамада көрсетилген жумыс көлемине муўапық,

Емлеўханаларды қаржыландырыў оларға ажыратылған қаржының 15 пайызынан кем болмаған бөлеги ҳәр бир емленген жағдайдан келип шығып төлеп бериледи.

Жеңилликке ийе болған шахслар шыпакер көрсетпеси тийкарында электрон хабар системасын арқалы қәлиплестирилетуғын жоллама тийкарында Мәмлекет бюджети қаржысы есабынан бийпул емленеди.

2025-жыл 1-июльдан баслап район (қала) ҳәм аймақлық медицина мекемелеринде режели стационар медициналық хызметти электрон нәўбет тийкарында бийпул алыў ҳуқықына ийе болады:

- физикалық шахслардан алынатуғын дәрамат салығы ҳәм социаллық салық төлеўшилер;

- салық кодексине муўапық мийнет стажын есаплаў ушын белгиленген муғдарда салық төлеген шахслар;

- жас өспиримлер, оқыў орны оқыўшы-студентлер, ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм еки жасқа толмаған баласына күтим қылып атырғанлар, мийнет органларында жумыссыз сыпатында дизимнен өткенлер, мәмлекетлик пенсия алыўшылар ҳәм де «Ижтимоий химоя ягона реестри»нде кем тәмийинленген деп белгиленгенлар шаңарақ ағзалары.

2027-жыл 1-январьдан баслап соңғы бир жыл даўамында кеминде 6 ай физикалық пуқаралардан алынатығын дәрамат салығы яки социаллық салық төлегенлерге мәмлекетлик медициналық қамсызландырыў системасында жоқары технологиялы медициналық жәрдем бийпул әмелге асырылады.

2024-жыл ақырына шекем наўқаслардың барлық медициналық мағлыўматлары тийкарында қәлиплестирилген ҳәм медицина мекемелериниң өзара үзиликсиз бирге ислесиўин тәмийинлейтуғын «Электрон поликлиника» ҳәм «Электрон емлеўхана» информациялық системалар әмелиятқа енгизиледи.

Сондай ақ, медицина мекеме баслықларына мекемениң қуўатына қарап бөлимлер профилин (қәнигелигин), олардың емлеў орынлары санын өзгертириў ҳәм де ажыратылған қаржылар шеңберинде хызметкерлер санын жумыс көлемине муўапық белгилеў ҳуқықы бериледи.

2025-жыл 1-июльдан баслап медицина ҳәм фармацевтика хызметкерлери мийнетине ҳақы төлеўдиң өз алдына тәртип ҳәм де шәртлери енгизиледи.

manba: shipaker.uz