Мүрәжет-итибарсыз қалмайды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018 жыл 21 ноябрдеги ПҚ-4024-сан қарарына муўапық юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң почта байланысы, телекоммуникациялар ҳәмде электрон мәмлекетлик хызметлерин көрсетиў мәселелери бойынша мүрәжетлерин нызам ҳүжжетлери тийкарында көрип шығыў, Мәлимлемелестириў ҳәм телекоммуникациялар тараўында қадағалаў инспекциясының (“Ўзкомназорат” инспекциясы) тийкарғы ўазыйпаларының бири етип белгиленген.

“Халық мәмлекетлик органға емес, ал мәмлекетлик орган халыққа хызмет көрсетиўи керек” деген баслама тийкарында “Ўзкомназорат” инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепиненде бир қатар әмелий жумыслар алып барылмақта.

Атап айтқанда, 2024-жылдыӊ өткен тоғыз айы даўамында Республикамыз аймақларында өткерилген көшпели қабыллаўлар даўамында тутыныўшылар тәрепинен келип түскен 45 мүрәжеттен 41 мүрәжет унамлы шешилип, қалған 4 мүрәжет ийелерине ҳуқуқый түсиниклер берилди.

Сондай ақ “Ўзкомназорат” инспекциясы тәрепинен тараўдағы кемшиликлердиң алдын алыў мақсетинде шөлкемлестирилген “1144” қысқа номерли “Исеним телефоны” арқалы жергиликли телефон байланыс хызмети бойынша 18 мүрәжет, интернет хызмети бойынша 260 мүрәжет, мобил байланыс хызмети бойынша 113 мүрәжет, почта байланыс хызмети бойынша 3 мүрәжет, телерадиоеситтириў хызметлери бойынша 3 мүрәжет ҳәмде баска маселер бойынша 3 мүрәжет жәми 400 дана мүрәжетлер келип тускен. Келип түскен мүрәжетлерден 367 мүрәжет тутыныўшылардың пайдасына унамлы шешилип қалған 31 мүрәжет ийелерине ҳуқуқый түсиниклер берилген ҳәмде 2 мүрәжет тийисли ўәкиллик органларына жиберилген.

Ҳүрметли тутыныўшылар! Сизде байланыс тараўында көрсетилип атырған хызметлер бойынша машқалалар пайда болса ямаса усы тараўдағы өзлериӊизди қызықтырған мәселелер бойынша “1144” қысқа номерли исеним телефоны арқалы ямаса аймақлық бөлимниң өзине тиккелей мүрәжет етиў мүмкиншлигине ийе екениңизди билдиремиз.

 

“Ўзкомназорат” инспекциясы

Қарақалпақстан Республикасы

аймақлық бөлими бас қәнийгеси

Алламбергенов Маўлен Қудайбергенович