Президент Наўайы ўәлаятында 2025-жылды «Әлийшер Наўайы жылы» деп жәриялаўды усыныс етти

Ел-халқымыздың, атап айтқанда, Наўайы халқының уллы бабамыз Әлийшер Наўайы естелигине ҳүрмети шексиз.

Уллы бабамыздың аты менен аталатуғын Наўайы ўәлаяты руўхый тәрбия, ағартыўшылық жақтан раўажланыў жолында ҳәммеге өрнек ҳәм үлги болыўы, керек болса, елимиздиң руўхый брендине айлыныўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәселен, 2017-жыл Әндижан ўәлаятында «Бабур жылы» деп жәрияланып, усы тийкарда кең көлемли жумыслар әмелге асырылған еди. Президент әне, усындай унамлы тәжирийбени Наўайы ўәлаятында да қолланып, жаңа – 2025 жылды ўәлаятта «Әлийшер Наўайы жылы» деп жәриялаўды усыныс етти.

Усы жыл шеңберинде «Ҳәзирет Наўайыны түсиниў – өзлигимизди түсиниў» темасында Президент саўғасы ушын республикалық таңлаў шөлкемлестириледи. Ҳәр бир мәҳәлле, мектеп, жоқары оқыў орынлары ҳәм мийнет жәмәәтлеринде «Наўайы оқыўлары кешелери» өткериледи.

«Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде ўәлаяттың қала ҳәм районлары, аўылларында Наўайы бабамызға атап жаңа бағлар, сулыў парклер, жасыл аймақлар шөлкемлестириледи.

Қурылатуғын Жаңа Өзбекстан бағында Әлийшер Наўайыға бағышлап мемориал музей шөлкемлестириледи.

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Наўайы ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыў ўазыйпалары бойынша мәжилис даўам етпекте.

ӨзА