БМШ Бас хаткери Аралбойында

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткери Антониу Гутерриш Қарақалпақстан Республикасына сапар етти. Жоқары мәртебели мийманды Нөкис халықаралық аэропортында Өзбекистан Республикасы Бас министри А.Арипов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов күтип алды.

Арал теңизи ҳәм оның әтирапындағы экологиялық жағдайды турақластырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды таныстырыў болып өтти.

БМШ Бас хаткерине Арал теңизиниң бүгинги жағдайы ҳәм региондағы экологиялық ҳалат ҳаққында айтып берилди. Бир ўақытлары мәўиж урып турған теңиздиң суўы кейинги 50-55 жылда 15 мәртеден зыят кемейип, суў дәрежеси 29 метрге төменлегени, аймақта 5,5 миллион гектар дузлы қум майданлары пайда болғаны атап өтилди. Бул жағдай регион тәбияты, адамлар турмысы, өсимликлер ҳәм ҳайўанат дүньясына кери тәсир көрсетпекте. Теңиздиң қурыған аймағында 350 мың гектарға ықлымға мас қандым, черкес, сексеўил егилип, дузлы шаң-тозаң көшиўиниң алды алынбақта.
Президентимиздиң басламасы менен Аралбойы регионында экологиялық жағдайды турақластырыў, халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў мақсетинде улыўма баҳасы 4 миллиард сумнан зыят 50 ден аслам жойбар әмелге асырылды. 2017-2021 жылларға мөлшерленген бағдарлама тийкарында Мойнақ районында кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
Антониу Гутерриш Өзбекистан Республикасы Бас министри А.Арипов пенен бирге Арал теңизи акваториясына барды. Мойнақ районындағы “Корабллер қойымшылығы”н көрди, жәмийетшилик ўәкиллери менен ушырасты. БМШ тәрепинен аймақта әмелге асырылып атырған жойбарлардың нәтийжелери менен танысты.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткери И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде болды ҳәм оның экспонатлары менен танысты.

 

Аминбой Ортиқбоев, ӨзА