
Өзбекстан Республикасы Мәмлекет статистика комитети халықты дизимге алыўда арнаўлы кепилликли мәмлекет органы болып табылады
Арнаўлы кепилликли мәмлекет органы: дизимге алыў ҳүжжетлер формаларын, дизимге алыўшы хызметкерлер гүўалығы формасын ислеп шығады ҳәм тастыйықлайды;
халықты дизимге алыў дәстүрин ҳәм дизимге алыў сораўнама формаларын ислеп шығады;
дизимге алыў сораўнамалары таярланыўыны ҳәмде аймақларға жеткизилиўини тәмийинлейди;
халықты дизимге алыўды өткериў туўрысында халықты хабарлы етиўге тийисли ислерди муўапықластырады;
дизимге алыўшы хызметкерлерди таңлап алыў ҳәм оқытыў тәртипин, соның менен бирге шахсқа тийисли мағлыўматларға қайта ислеў тәртипин белгилейди ҳәм оларға қайта ислеў бериўди әмелге асырады;
дизимге алыў сораўнамалары ҳәм басқада дизимге алыў ҳүжжетлериниң сақланыўы (сондай-ақ ўақтынша сақланыўы ), жоқ етилиўи тәртипин белгилейди;
дизимге алыў сораўнамалары ҳәм басқада халықты дизимге алыў ҳүжжетлерин сақлаў ҳәм жоқ етиўди тәмийинлейди.
Áмудәрья районы статистика бөлими